Самал электр станцияларын Үстирт чинкларында да қурыўға болады. Себеби, ол жерлерде мудамы самал есип турады. Бирақ. санаат мүтәжлиги ушын ислеп шығарылатуғын электр қуўаты ушын арнаўлы үскенелерде жыл даўамында самал күшин өлшеп барыў зәрүр.
- Самал есабынан ислейтуғын станциялардың унамсыз тәреплери де бар ма? Айтайық, “Олар көшпели қуслар ушын қәўипли. Әтирапқа 40 децибелден асатуғын, саламатлық ушын зыянлы даўыс толқынларын тарқатады” деген гәплер ҳақыйқатқа жақын ба?
- Қусларға қәўип туўдырыўы рас. Себеби бул станцияның пәриклери күтә үлкен болып, пәриклердиң ушы секундына 60 метр тезликте айланады. Солай екен, ушып өтип атырғанында өзине келип урылған қусларды набыт етиў мүмкиншилиги жоқары. Пәриклер арасынан қус ушып өтип үлгере алмайды. Сол себепли станциялар қурылатуғын орын дәслеп орнитологлар тәрепинен де үйренилип шығылады. Заманагөй самал электр станциялары пәриклери әсте айланатуғын ҳәм көп электр қуўатын жыйнай алатуғын дәрежеде раўажландырылмақта.
Көшпели қуслар жылына еки рет топарласып ушады ҳәм бир ҳәпте ишинде бул жерден толық өтип болады. Базы мәмлекетлерде қуслардың көшиў мәўсиминде станциялар искерлиги ўақтынша тоқтатылып турылады.
Даўыстың зыянлы тәрепи менен байланыслы болған мәселе болса, әллеқашан өзиниң унамлы шешимин тапқан. Яғный заманагөй самал электр станциялары инсан саламатлығына зыян жеткеретуғын дәрежеде шаўқым шығармайды.
- Дерлик ярым әсирден берли самал қуўаты мәселелери менен шуғылланады екенсиз, илимий изертлеўлериңиз нәтийжеси қандай болды?
- Санаатқа керекли энергия ислеп шығаратуғын станция ҳаққында мен де көп изленислер алып бардым, бул бойынша өзимниң жеке пикирим бар. Ҳәзирги ўақыттағы самал электр станциялары вертикал болып, пәриклериниң өзи 120 метрди қурайды. Мениң ойлап қойғаным болса горизонтал формаға ийе. Буннан тысқары, әмелдеги турбиналардың ең үлкени жылына 17 МВт, мениң усыныс етип отырған, ойлап тапқан турбина болса 70 МВтқа шекем электр қуўатын өндириўи мүмкин. Сол себепли идеяларымды бир неше мәрте тийисли шөлкем-мекемелерге усыныс етип келдим, бирақ маған исенбегенлиги себепли барлығы қағазда қалып кетти. Ҳәзир 71 жастаман. Усынысларым ҳеш болмағанда, сынақтан өткерилиўин көрсем еди, деп әрман етемен.
- Журналистлер сиз ҳаққыңызда дельтапланларда ушып, самалдың тәсирин үйренер екен, соның менен бирге, бул аппарат жәрдеминде Арал теңизи үстинде саяхат етиў мүмкинлигин тастыйықламақшы болған,-деп жазыпты. Бул қандай тәжирийбе екенлигин түсиндирип берсеңиз...
- Туўры, Шылпық қорғаны қасындағы төбеликлер үстинен дельтапланларда ушып тураман. Бирақ, бул жумыстың самал тәсирин сынап көриўге ямаса Арал теңизине саяхат етиўге улыўма байланысы жоқ. Мени балалығымнан бир зат қызықтырып келеди. Неге биз адамлар да қуслар сыяқлы уша алатуғын технологияны ойлап таба алмай атырмыз?
- Қайтадан велосипед ойлап табажақсыз ба? Самолёт ҳәм вертолётлар бар-ғой...
- Олар пүткиллей басқа мәселе. Салмағы тек 100 грамм келетуғын базы көшпели қуслар тынымсыз қанат қағып, 10 мың километрге шекем уша алады. Сол процесс даўамында, олар дәрриў артына ямаса қапталға қарай бурылыўы мүмкин. Сондай технология адамзат тәрепинен жаратылған ба? Яқ! Бул жумбақ сырын еле ҳеш бир алым таба алмаған. Атап айтқанда, мен де.
Вертолёт ҳәм самолётлар болса бундай уқыпқа ийе емес. Дельтапланда ушып тәжирийбе өткериўден мақсетим болса, қуслар қалайынша бул тәризде ҳәрекетлене алыўы ҳаққында анық ой саўлелендириў болып табылады.
- Бир ўақытлары, Леонардо да Винчи де соған уқсаған тәжирийбе өткерген екен...
- Әлбетте, Леонардо да Винчиге уқсаў, ол адамдай болыў қыйын. Бирақ бул мәселеде бас қатырғанлар жүдә көп.
- Самал электр станциясы туўралы идеяңызды әмелге асырыў ушын сизге не керек?
- Күтә үлкен муғдарда қаржы зәрүр! Шет елде қандай да бир зат ойлап табылса, исенеди ҳәм үлкен ақшаға сатып алады. Бизде, керисинше, негедур илимпазларымызға исенбейди. “Булардың қолынан не келер еди?”-деген сыяқлы, бийпарық мунәсибетте болады. Биздиң ең әззи ҳәм ашынарлы машқаламыз әне сонда.
“ISHONCH” хабаршысы
Есимқан ҚАНААТОВ сәўбетлести
Mostrar más ...