Best analytics service

Add your telegram channel for

  • get advanced analytics
  • get more advertisers
  • find out the gender of subscriber
CategoryNot specified
Channel location and language
Not specified

audience statistics "Ел хызметинде" газетасы

" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз! 
10 5090
~0
~0
0
Telegram general rating
Globally
55 303place
of 78 777

Subscribers gender

Find out how many male and female subscibers you have on the channel.
?%
?%

Audience language

Find out the distribution of channel subscribers by language
Russian?%English?%Arabic?%
Subscribers count
ChartTable
D
W
M
Y
help

Data loading is in progress

User lifetime on the channel

Find out how long subscribers stay on the channel.
Up to a week?%Old Timers?%Up to a month?%
Subscribers gain
ChartTable
D
W
M
Y
help

Data loading is in progress

Hourly Audience Growth

    Data loading is in progress

    Time
    Growth
    Total
    Events
    Reposts
    Mentions
    Posts
    Since the beginning of the war, more than 2000 civilians have been killed by Russian missiles, according to official data. Help us protect Ukrainians from missiles - provide max military assisstance to Ukraine #Ukraine. #StandWithUkraine
    Басланды...
    32 325
    32
    Бул жағдай бойынша "Ел хызметинде" газетасы тәрепинен журналистлик тексериў алып барылады? Ҳайран қаларлық жағдай тийисли органлар буған қалайынша көз жумып турған?
    32 454
    59
    ❓Рамазон байрами муносабати неча кун дам олиш берилади? Бугунги видеоселекторда келгуси ҳафтада Рамазон Ҳайити муносабати билан ҳам аҳолимизга яна 5 кунлик дам олиш берилиши маълум қилинди. Аслида бу янгилик эмас, ўтган йили декабрь ойидаги бу назарда тутилган эди, бугун қайта эслатиб ўтилди холос. Кўпчилик дам олиш қайси кунларга тўғри келишини сўрамоқда. Бу ерда 2 та муҳим маълумотни билишингиз керак: 1️⃣ кетма-кет 5 кунлик дам олиш ҳаммага эмас, фақат ҳафтасига 5 кун ишловчиларга 5 кун дам олиш бўлади. Ҳафтасига 6 кун ишловчиларга эса 4 кун дам олиш берилади; 2️⃣ Президент фармонида 4 май (чоршанба) ва 5 май (пайшанба) кунлари дам олиш кунлари деб эълон қилинган. Лекин бу ерда Рамазон Ҳайити 3 майга тўғри келиши ҳисобга олинган. Ҳали Ҳайит қайси кунга тўғри келиши аниқ эмас, аммо 2 май куни бўлиши эҳтимоли жуда юқори. Шу сабабли дам олиш кунларида ўзгариш бўлиши мумкин. Келинг, Ҳайит байрамини 2 майга тўғри келади деб тасаввур қиламиз. Шунда дам олиш кунлари қуйидагича бўлади: ✅ ҳафтасига 5 кун ишлайдиганлар учун: 1️⃣ 30 апрель (шанба); 2️⃣ 1 май (якшанба); 3️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити; 4️⃣ 3 май (сешанба) — кўчирилган дам олиш куни; 5️⃣ 4 май (чоршанба) — кўчирилган дам олиш куни. Изоҳ: 5 кун ишловчилар кўчирилган дам олиш кунлари эвазига 7 май ва 14 май шанба кунлари ҳам ишга чиқиши керак бўлади. ✅ ҳафтасига 6 кун ишлайдиганлар учун: 1️⃣ 1 май (якшанба); 2️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити; 3️⃣ 3 май (сешанба) – қўшимча дам олиш куни; 4️⃣ 4 май (чоршанба) – қўшимча дам олиш куни; 👉 👈
    Show more ...
    30 346
    272
    АТТЕСТАЦИЯҒА ТЕЛЕФОН АЛЫП КИРИЛГЕН…БЕ? "Ел хызметинде" газетасы хабаршысы жәмийетлик хабаршысы Азамат Нуратдинов жазбақта: 2021-2022-оқыў жылындағы муғаллимлер ушын болып өткен аттестация әдил болып өтти ме? Мына аттестация ўақтында қыңғырлық ислерди (телефон алып кирилген) қалай түсинсек болады? Тийисли тарaў қәнигелеринен жуўап күтип қаламыз.
    28 373
    194
    ЖАН ҚЫШҚЫРЫҒЫ! яки Түркменстан менен суўды неге теңдей бөлиспедик? 2020-жыл жаз айларында Қарақалпақстаннан бир топар нураный ҳәм пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханасына хат жазады. Хатта Әмиўдәрья суўының Түркменстан менен теңдей бөлисилмей атырғанлығы ҳаққында наразылық билдирилген: “Биз, нураныйлар ҳәм басқа пуқаралар – Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикалары Президентлериниң 1996-жыл 16-январьда Түркменабад қаласында (бурынғы Чаржаў) болып өткен ушырасыўында Әмиўдәрья дәрьясының суўларын бөлистириў мәселелери бойынша қабыл еткен әдилсиз қарарына өз қарсылығымызды билдиремиз” делинеди мүражатта. Биз усы мүрәжатты ҳәм оған қайтарылған жуўапты толығы менен нәзериңизге усынамыз. Даўамы👇
    Show more ...
    10 594
    49
    МАРҲУМНЫҢ ОБАЛЫ КИМГЕ? яки әдалатсызлық қурбаны ҳаққында Бул мақалада судлардағы әдалатсызлық себепли өз жанына қастыянлық еткен Миллий гвардияның бурынғы хызметкери тәғдири ҳаққында сөз болады. Мақаланың даўамы: 👇
    24 813
    45
    ЖАНЫМ АРЫМНЫҢ САДАҚАСЫ Ҳәзирги ўақыттағы Өзбекстан Республикасы барлық ўәлаятларынан 12 районымызға ўәкиллер келип орналасып, шатырларын тиккенине 6 ай болды. Елимиз басшысының тапсырмасы бойынша, олар бекитилген аймақта исбилерменликти раўажландырып халықтың бәнтлигине көмеклесиў, мотивация бериў ҳәм тәжирийбе алмасыў еди. Лекин, олардың көпшилиги өз бийлигин жүргизип, халықтың пикиринше, барлық исти тез орынлаўшы мәкемеге айланды. Адамлар жергиликли ҳәкимиятқа емес, сол келген жәрдем бериўшилерге арызын айтып, ағылып барып атыр... Мақаланың даўамы👇
    Show more ...
    513
    0
    БЕРДАҚ БАБАМЫЗДЫҢ ҚАСЫНДА НЕГЕ СҮЎРЕТКЕ ТҮСЕ АЛМАЙМЫЗ? Нөкис қаласы орайындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси имараты алдында қарақалпақ халқының демократ шайыры Бердақ бабамыздың естелиги саўлат төгип тур. Усы естелик қасында пуқараларға сүўретке түсиў қадаған етилген. Жап-жасыл майсаға бүркенген, қаланың ең дыққатқа ылайық орынларының бири болған, фонтанлар атлығып турған бул аймаққа кириўдиң өзине руқсат жоқ. Қорықлаў хызметкерлери алдыңды тосады. Руқсат алыў ушын Жоқары Кеңестиң жуўапкер шахсларына мүрәжат етиў керек болады. Халық сүйген шайырымыздың естелиги алдына барып сүўретке түсе алмасақ, бабамыздың уллылығына бас ийип, ҳүрмет көрсете алмасақ, бул естелик не ушын керек? Қарап турсаң, уллы шайыр халқына бийганадай. Қәне, қайсы халықта мақтанышы болған жазыўшы-шайырларына усындай қатнас бар? Р. Қарлыбаев, Нөкис қаласы
    Show more ...
    12 695
    29
    Ташкент қаласы ҳәкими Жәҳәнгир Артықхожаев түнде пуқаралар менен ушырасыў өткергени себепли Мийнет министрлиги тәрепинен үйрениў өткерилиўи ҳаққында хабар берилген еди. Буған себеп ҳүкиметте жуўапкер лаўазымда ис алып баратуғын хызметкерлердиң жумыс ўақтынан тысқары ярым ақшамға шекем ислеўге мәжбүр етилип атырғаны еди. Ҳәкимлик тәрепинен усы келиспеўшиликлерге мүнәсип жуўап болыпты.

    video_2022-04-25_11-37-35.mp4

    24 714
    77

    file

    39 562
    972
    Түсе ме деп басымызға күнсизлик, Аз халықты азайтады Үнсизлик... С.Сырғабева

    file

    36 955
    442
    Рәсмий: Нөкис районында "Дамас"лар себепли жол тосылды 2022-жыл 23-апрель күни Нөкис районы орайында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги  тәрепинен рейд жумыслары алып барылды. Усы рейд жумыслары даўамында "Дамас" маркалы автотранспортлардыӊ ҳүжжетлери ҳәм лицензиясы тексерилип, ҳүжжетлери болмаған автотранспортлар ийелери ушын нызам шеӊберинде баянламалар рәсмийлестирилди, деп хабар бермекте Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети. Бул узақ ўақыт иркинишлер бойынша жолаўшылар тәрепинен наразылық келип шықты. Саат 12:30да  жол тосып қойылды.  Келип шыққан жағдай бойынша Нөкис районы Ишки ислер бөлими тәрепинен пуқараларға түсиндириў жумыслары алып барылды.
    Show more ...

    file

    24 705
    82
    "ГУАНЧЖОУ"дың қыңғыр ислери әшкара болғалығы айтылмақта.

    file

    file

    40 187
    1 100
    Турақ жайлардың «снос»қа түскенин анықлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи «Қурылыс тараўына тийисли бирден-бир ҳәкимшилик қурылыс регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Қарарға муўапық, төмендегилер бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйқланды: Имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў; Имарат ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин өзгертиў, қайта қурыў, реконструкциялаў ҳәм өз аймағында қосымша имарат ҳәм объектлерди қурыўды жойбарластырыўға рухсатнама бериў; Архитектуралық-жобаластырыў тапсырмасын ислеп шығыў; Жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерди келисиў; қурылыс-монтаж жумысларын баслаў ушын объектти дизимнен өткериў; Қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланған объекттен пайдаланыў ушын рухсатнама бериў; көшпес мүлк бузылыўға түскен яки түспегенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў. Усы тийкарда, атап айтқанда, имарат ҳәм турақ жайлардың бузылыўға түсиў жағдайы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын МХО яки БИМХПға мүрәжат етиледи. ⏳Мағлыўматнама алыў ушын арзалар БИМХП арқалы дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин. 🗓Мағлыўматнама 3 жумыс күнинде рәсмийлестириледи ҳәм арза бериўшиниң электрон адресине жиберилип, оған бул ҳаққында хабар бериледи.
    Show more ...
    21 060
    31
    Үстиртте (Қазақстан территориясында) фотоқақпанға түсип қалған жалғыз леопардтың өткен жылы өлиги табылыпты. Неткен өкинишли. Бул леопард Үстиртке Копетдағдан келген болыўы мүмкин, дейди қазақстанлы экологлар. Өлиминиң себеби белгисиз.
    21 735
    49
    Ҳиндстанлық жетик қәнигелерден уйде турып, мәсләҳәт алыўды қәлейсиз бе? Балаларда баўыр ҳәм ас сиңириў системасы менен байланыслы машақатлар болса, педиатрик гепертолог др. Деепак Гойал менен, үлкенлерде баўыр кеселлиги бойынша др. Мукул Растогт пенен болатуғын онлайн консультацияларға мирәт етемиз. Көрик Zoom платформасында әмелге асырылады. Дизимнен өтиў ушын: 998902173787 998901457673
    22 779
    67

    Ҳоким ёрдамчилари уч ой давомида 35,3 млн аҳоли яшайдиган 6,9 млн хонадонни ТЎЛИҚ хатловдан ўтказибди. Улар сизнинг хонадонингизга ҳам ташриф буюрдими?

    Ҳа, келди
    Йўқ, келмади
    Билмайман
    1.1k
    Anonymous voting
    20 752
    51
    2021-2022- оқыу жылы жуумағында 5-6-7-8 хәм 10-класслардың класстан-классқа өтиў имтиханлары болмайды,-деп хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги. Ҳәмме мектеплерде 9 ҳәм 11-класс питкериўшилериниң жуўмақлаўшы имтиханлары 26-майдан 15-июньға шекем өткериледи.
    22 647
    58
    МОЙНАҚТА НЕГЕ 30 ПАЙЫЗ, АЛ, ЗАРАФШАНДА 60? Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мийнет базарында мийнет мүнәсибетлерин тәртипке салыў ҳаққында қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы 743-санлы қарары менен тастыйықланған «Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақларда ислеўши хызметкерлер мийнетине ис ҳақы төлеўге район коэффициентлерин, сондай-ақ, оларға ҳәр жылы берилетуғын қосымша дем алыс күнлериниң ең кем мүддетин белгилеў ҳәм қоллаў тәртиби ҳаққында» ғы нызамға муўапық Мойнақ ҳәм Қоңырат районларында 30 пайыз, Зарафшан ҳәм Үшқудық қалаларында 60 пайыз үстемелер белгиленген. Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақлар дегенде, дәрҳал көз алдымызға Мойнақ районы сәўлеленеди. Бул пүткил дүнья жүзине белгили де. Бирақ, негедур ең аўыр экологиялық аймақта жайласқан мойнақшыларға, экологиялық ҳәм экономикалық жақтан салыстырмалы түрде жақсы жасап атырған Зарафшан ҳәм Үшқудықлы хызметкерлерден еки есе кем ис ҳақы төленеди. Арал апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдай аўырлығы себепли әпиўайы халық арасында кеселликке шалыныў ҳәм өлимшилик ҳалатлары жыл сайын артып бармақта. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанның арқа районларында гипертония ҳәм бас мий инсульты кеселликлери ҳәр 5 жылда 50-55 пайызға артып бармақта. Мойнақта аўыр экологиялық жағдай ҳәм де жумыссызлық, мийнетке төленетуғын ис ҳақының қонымсызлығы себепли жергиликли кадрлар бул жерден кетип қалмақта. Жақында президент «Мойнақта ислеймен» деген шыпакерлерге еки есе айлық ис ҳақы төлеў керек екенлигин мәлим еткен еди. Мойнақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын ҳүкиметимиздиң жоқарыдағы бул қарарына өзгерис киргизиў мақсетке муўапық болар еди. Ис ҳақы төлениўи ең болмаса Зарафшан қаласы ҳәм Үшқудық районлары менен бирдей белгиленсе екен. Алмас Мәдреймов, шыпакер. Мойнақ районы.
    Show more ...
    21 695
    71

    file

    19 046
    43
    "Вашингтон Пост" басылымы журналистлери Бухараның бурынғы әмири, Әмир Алимханнан интервью алыўға келген. Қабул, 1930-жыл Дерек:
    20 007
    31
    🇺🇿 Енди қағаз сары реңде болады: А4 қағаз ислеп шығарыўшылары экоқағаз ислеп шығарыўға өтти Енди офис қағазы бурынғыдай сары реңде болады. Буған Өзбекстанға баслы қағаз жеткерип бериүши Россияда ағартыўшы бирикпелер жетиспеўшилик себеп болмақта. Айтып өтсек, сары реңли экоқағаз баҳасы бир ай даўамында бир неше мәрте көтерилген ақ қағазға қарағанда арзанырақ болады. Дерек:
    22 182
    113
    Үй-жай ижара баҳалары 15 пайызға көтерилди Россия ҒХҚлары малыўматына қарағанда, ақырғы бир ярым айда Өзбекстанға 5 мыңнын артық россияалылар келген. Нәтийжеде февраль айының ақырынан март айының орталарына шекем Ташкетнтте квартира ижарасы орташа баҳасы 15 пайызға көтерилген. Республикада соңғы үш айда ижәра баҳасы 0,9 пайыздан, яғный 2021-жылдың орташа дәўирине қарағанда еки есе қымбатлаған. Дерек:
    18 807
    24
    Дәўлетмурат Тәжимуратов қаяқта? Көшеде, жумыста, телефон арқалы бизден «Дәўлетмурат Тәжимуратов қаяқта, неге көринбей қалды?», «Не болды, аманлық па?» деген сораўлар көп болмақта. Д. Тәжимуратов ҳәзир үйинде. Көринбей атырғаны себеби алдын да каналында ораза айы өткенше халықтан мүрәжат етпеўин сораған еди. Тап солай. Ораза айы өтемен дегенше пуқаралардың мүрәжатларын қабыллай алмайды, себеби түсиникли болса керек. Солай болса да, көп санлы пуқаралар еле де үйине излеп барып атырған. «Азы-кем сабыр ете турың, пуқаралар менен әлбетте ислесиўди даўам етемен» деп билдирмекте өзи. Редакция
    Show more ...
    19 279
    34
    Бир-еки жыллықта «Бүгин республикамызда шығып турған көпшик жергиликли газеталар өлип болды, буннан былай олар стилин, формасын өзгертпесе жасай алмайды» деген магистрант қыздың дссертация жақлаўы пайытында шығып сөйлеўи мәмлекетлик комиссия ағзаларының арасында тартыслы пикирди келтирип шығарды: газеташылардың кеўлине келди, «олай демең, газеталар өлген жоқ, газеталар өлмейди, газеталар жасаўы тийис» деди; «Интернет оларды қатардан қысып шығарады, газеталардың кереги шамалы» деди тағы бири.
    Show more ...
    18 714
    11
    «Права»ға оқыў баҳалары «әдеўир» қымбатламақта Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, 2022-жылдың март айында айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары февраль айына салыстырғанда яғный бир айда орташа 13,3 процентке артқан. Айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары жыл басынан берли орташа 13,9 процентке қымбатлаған. Айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда яғный бир жылда орташа 15,2 процентке қымбатлағаны бақланған. Қарақалпақстан хабар агентлиги
    Show more ...
    17 252
    17
    Монғолия пайтахты Улан-Баторда болып өтип атырған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да мүнәсип түрде қатнаспақта. Атап айтқанда, командамыз ағзаларынан 87 кг салмақта Токио—2020 Олимпиада ойынларыныӊ қатнасыўшысы жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов гүмис медалды жеӊип алған болса, 55 кг салмақта Жасурбек Ортиқбоев қубла кореялы Хёк Жин Чонды, 130 кг салмақта Мўминжон Абдуллаев сингапурлик Тимоти Ю Лоҳди жеӊилиске ушыратып, чемпионаттыӊ қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
    Show more ...
    15 882
    3
    ҚЫРЫП ТАСЛАНҒАН ТУРАН ЖОЛБАРЫСЫ ҲАҚҚЫНДА НЕ БИЛЕМИЗ Халқымыз арасында жүрген аңыз, әпсаналарға қарағанда Орта Азияда жасаған ең соңғы «Туран жолбарысы» 1956-57-жыллары атылған, ал жарақатланған жолбарыс бабамыз Ерназар Алакөздиң қәбири басына барып жан тапсырған екен. Не ушын бул ҳайўан түри қырылып кеткен. Кимлер ямаса нелер себепши болды екен? Усы мақсетте китапларды ақтарып, ески газета журналларды титкилеп, жасы үлкен аталарымызды сәўбетке тартып, оларды илимий жақтан сәйкеслигин тексере отырып төмендегилерди анықладық. Даўамы 👇
    Show more ...
    18 737
    68
    ҚУШАҒЫ ҚУТ ҚЫЗЫЛҚУМ (Наўайы ўәлаятындағы алтын кәнлери ҳаққында) Бүгинги күнде Таўелибай (ҳәзирги Наўайы ўәлаяты) үлкесинен өндирилетуғын алтын кәниниң ең дәслеп қалай табылғанының тарийхы да кең жәмийетшиликке белгисиз болғаны менен сол әтирапты әййемнен мәкан еткен қарақалпақлар бул қупыяны ҳәмийше есинде сақлап келген. Таўелибай үлкесиниң көп жерин алып атырған шөлистанлықты ата-бабалар ертеден-ақ «Қызылқум» деп атаған. Оның қәсийети жөнинде «Қыдыр дарыған Қызыл», «Уллы Қызыл» деп тәрийп етеди. Ески заманда алтынның өзин «қызыл » деп атаған екен. Халық нақылы «Қызыл көрсе периште жолдан шығар» деп келтиреди. Буны гейде «Алтын көрсе» деп те айтылатуғыны, екеўиниң бир мәниске ийе екениниң дәлийли. Мақаланың даўамын төмендеги силтеме арқалы оқыйсыз 👇
    Show more ...
    17 263
    48
    Самал электр станцияларын Үстирт чинкларында да қурыўға болады. Себеби, ол жерлерде мудамы самал есип турады. Бирақ. санаат мүтәжлиги ушын ислеп шығарылатуғын электр қуўаты ушын арнаўлы үскенелерде жыл даўамында самал күшин өлшеп барыў зәрүр.   -  Самал есабынан ислейтуғын станциялардың унамсыз тәреплери де бар ма? Айтайық, “Олар көшпели қуслар ушын қәўипли. Әтирапқа 40 децибелден асатуғын, саламатлық ушын зыянлы даўыс толқынларын тарқатады” деген гәплер ҳақыйқатқа жақын ба? - Қусларға қәўип туўдырыўы рас. Себеби бул станцияның пәриклери күтә үлкен болып, пәриклердиң ушы секундына 60 метр тезликте айланады. Солай екен, ушып өтип атырғанында өзине келип урылған қусларды набыт етиў мүмкиншилиги жоқары. Пәриклер арасынан қус ушып өтип үлгере алмайды. Сол себепли станциялар қурылатуғын орын дәслеп орнитологлар тәрепинен де үйренилип шығылады. Заманагөй самал электр станциялары пәриклери әсте айланатуғын ҳәм көп электр қуўатын жыйнай алатуғын дәрежеде раўажландырылмақта. Көшпели қуслар жылына еки рет топарласып ушады ҳәм бир ҳәпте ишинде бул жерден толық өтип болады. Базы мәмлекетлерде қуслардың көшиў мәўсиминде станциялар искерлиги ўақтынша тоқтатылып турылады. Даўыстың зыянлы тәрепи менен байланыслы болған мәселе болса, әллеқашан өзиниң унамлы шешимин тапқан. Яғный заманагөй самал электр станциялары инсан саламатлығына зыян жеткеретуғын дәрежеде шаўқым шығармайды.   - Дерлик ярым әсирден берли самал қуўаты мәселелери менен шуғылланады екенсиз, илимий изертлеўлериңиз нәтийжеси қандай болды? - Санаатқа керекли энергия ислеп шығаратуғын станция ҳаққында мен де көп изленислер алып бардым, бул бойынша өзимниң жеке пикирим бар. Ҳәзирги ўақыттағы самал электр станциялары вертикал болып, пәриклериниң өзи 120 метрди қурайды. Мениң ойлап қойғаным болса горизонтал формаға ийе. Буннан тысқары, әмелдеги турбиналардың ең үлкени жылына 17 МВт, мениң усыныс етип отырған, ойлап тапқан турбина болса 70 МВтқа шекем электр қуўатын өндириўи мүмкин. Сол себепли идеяларымды бир неше мәрте тийисли шөлкем-мекемелерге усыныс етип келдим, бирақ маған исенбегенлиги себепли барлығы қағазда қалып кетти. Ҳәзир 71 жастаман. Усынысларым ҳеш болмағанда, сынақтан өткерилиўин көрсем еди, деп әрман етемен.   - Журналистлер сиз ҳаққыңызда дельтапланларда ушып, самалдың тәсирин үйренер екен, соның менен бирге, бул аппарат жәрдеминде Арал теңизи үстинде саяхат етиў мүмкинлигин тастыйықламақшы болған,-деп жазыпты. Бул қандай тәжирийбе екенлигин түсиндирип берсеңиз... - Туўры, Шылпық қорғаны қасындағы төбеликлер үстинен дельтапланларда ушып тураман. Бирақ, бул жумыстың самал тәсирин сынап көриўге ямаса Арал теңизине саяхат етиўге улыўма байланысы жоқ. Мени балалығымнан бир зат қызықтырып келеди. Неге биз адамлар да қуслар сыяқлы уша алатуғын технологияны ойлап таба алмай атырмыз?   - Қайтадан велосипед ойлап табажақсыз ба? Самолёт ҳәм вертолётлар бар-ғой... - Олар пүткиллей басқа мәселе. Салмағы тек 100 грамм келетуғын базы көшпели қуслар тынымсыз қанат қағып, 10 мың километрге шекем уша алады. Сол процесс даўамында, олар дәрриў артына ямаса қапталға қарай бурылыўы мүмкин. Сондай технология адамзат тәрепинен жаратылған ба? Яқ! Бул жумбақ сырын еле ҳеш бир алым таба алмаған. Атап айтқанда, мен де. Вертолёт ҳәм самолётлар болса бундай уқыпқа ийе емес. Дельтапланда ушып тәжирийбе өткериўден мақсетим болса, қуслар қалайынша бул тәризде ҳәрекетлене алыўы ҳаққында анық ой саўлелендириў болып табылады.   - Бир ўақытлары, Леонардо да Винчи де соған уқсаған тәжирийбе өткерген екен... - Әлбетте, Леонардо да Винчиге уқсаў, ол адамдай болыў қыйын. Бирақ бул мәселеде бас қатырғанлар жүдә көп.   - Самал электр станциясы туўралы идеяңызды әмелге асырыў ушын сизге не керек? - Күтә үлкен муғдарда қаржы зәрүр! Шет елде қандай да бир зат ойлап табылса, исенеди ҳәм үлкен ақшаға сатып алады. Бизде, керисинше, негедур илимпазларымызға исенбейди. “Булардың қолынан не келер еди?”-деген сыяқлы, бийпарық мунәсибетте болады. Биздиң ең әззи ҳәм ашынарлы машқаламыз әне сонда.    “ISHONCH” хабаршысы  Есимқан ҚАНААТОВ сәўбетлести
    Show more ...
    17 009
    27
    Last updated: 11.07.23
    Privacy Policy Telemetrio