🛡
#Кибержынаят
⚠️
Ҳәр адымда алдаўшылар
——
Наманган ўалаятында жасаўшы У.Ю. ИИОға мүрәжәт етип, банк картасынан
13.000.000 сум муғдарындағы пуллары белгисиз шахс тәрепинен өзлестиргенлигин мәлим еткен.
Оператив-қыдырыў хызмети Киберқәўипсизлик бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив-қыдырыў иләжлары нәтийжесинде, усы жынаятты Ташкент қаласында жасаўшы
К.М. ислегенлиги анықланған.
Гуманланыўшы ретинде тергеў органларына шақыртырылған,
К.М. "Олх" платформасында
"Нексия" маркалы
автомашинасын арзан баҳада сатылады деп жалған дағаза жайластырған ҳәм усы дағазаға исенген жәбирлениўши
У.Ю. менен телефон арқалы сойлесип, оған усы
машынды 18 ай муддетге бөлип төлеў жолы менен
8000 АҚШ долларына сатыўын сондай-ақ алдыннан
1000 АҚШ доллары муғдарындағы пулларды өткерип бериўын, соң автомашинаны оған берип
жибериўин айтып оны алдап, алдыннан оның
13.000.000 сум муғдарындағы пулларды өзиниң пайдаланыўында болған банк картасына өткерип алған ҳәмде өз-ара
жазысқанларын өширип, оның
қоңыраўларына жуўап бермей, қара дизимге киритип қойған.
———
Усы жағдай бойынша К.М.ға қарата Өзбекистан Республикасы ЖКниң
168-статясы
1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.
————
❗️❗️❗️
Ҳүрметли каналымыз ағзалары егер Сизде ҳәм усындай жағдай жүз берсе дәрҳал 102 яки 1102 📞 исеним номерлерине мүрәжат қылың!
📱
Telegram |📱
Youtube |📱
InstagramПоказати повністю ...